Махсет-Юморбек Абдижамилов

Был в сети 10:06:04 30.01.2018 с браузера
Основная информация
Дата рождения: 23 Декабря 1981
Пол: Мужской
Семейное положение: женат
Контакты
VK: yumorbekorayi
Личные интересы
Деятельность: Юморист, шоумен, ведущий, тамада
Интересы: Юмор, КВН
Любимые фильмы: Фильмы Л.Гайдая и Джим Керри. Мультфильмлер: Мадагаскар, В пойсках Немо, Кунг Фу ПАНДА.
Любимые телешоу: КВН, СтэндАп, Комеди клаб, Айкулак, Хабар.
Любимые книги: Алхимик - Пауло Коэло
О себе: Юморбектиң юморбаяны (автогеография) Мен Абдижамил Махсетов (аты, фамилиясы өзгертилип берилди) 1981-жылы 23-декабрьде Шымбай қаласында туўылған екенмен. Бирақ, оны өзим анық билмеймен, себеби ол ўақытлары дым кишкентай едим. Юморбектиң авторлары: әкем - Әбдиғаний аға, анам - Оразгүл апа («аға», «апа» қосымталары шәртли түрде қосып айтылады). Шаңарақта он еки перзенттиң жетиншиси – мен. Мен бирден бундай ҳәзилкеш болып туўылмадым, дәслепки ўақытлары улыўма сөйлей алмайтуғын едим, еки жасқа толғаннан соң әсте-әсте сөйлеп басладым. Балалығымда «қумырысқа урыстырыў», ылайда «паңкөтек», қыста қарда «трактордың изин соғыў» менен турақлы шуғылланғанман. 1988-жылы Шымбайда 1-класста оқыўды баслап, 11-классты Нөкисте жуўмақладым. (Он жылда алпыс километр ) 2002-жылы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университетин питкерип - география пәнинен оқытыўшы болып иследим. 2010-жылдан баслап «Юморбек» лақабы менен, юмор-сатира тараўында ислеп киятырман. 2014-жылдан баслап көркем-өнерди исбилерменликке айландырып «Юморбек-Махсет» ЖШЖ де ис жүритип, ҳәзирде сол жәмийетте дөретиўшилик пенен шуғылланып атырман. Ең баста сахнаға шықсам «ҳаў мынаў, ким мынаў қандай қызықшы, мынандай-әм қызықшы барма?» дейтуғын еди, ал ҳәзир, қудайға шүкир сахнаға шықсам адамлар: «ҳаў мынаў ана кимғо», «ким еди», «ҳееее, әнәбир қызықшы не», «әнәбиреўғо», -деп дәрриў таныйды. Бос ўақытларымда ҳеш нәрсе ислемеймен, себеби, бир нәрсе ислесем - бос емес болып қаламан. Баўыр, бөтеке, бүйреклердиң баҳасын еситип ишки дүньямның бай екенин сездим. Спорттың – футбол, бокс түрлерин телевизордан тамашалаўға қызығаман. Шаңарақлыман: үш перзенттиң әкеси, бир ҳаялдың күйеўимен. Өмирдеги ураным: Бәри жақсылыққа! Дөретиўшиликтеги ураным: Изленбесең - изленбейсең! Юморбек концертлери: • 2011-жылы 2-3-4-5-6-сентьябрь күнлери Нөкис қаласы «Бердақ» кино-театрында «Супер-күлки» Юморбектиң биринши концерти жүдә әўметли болды деп айталмаймыз. • 2013-жылы 12-13-14-апрель күнлери С.Хожаниязов атындағы Жас тамашагөйлер театрында «СүйирПриз» атлы концерти. • 2014-жыл 7-8-март күнлери С.Хожаниязов атындағы Жас тамашагөйлер театрында «Дегишпе» театр-студиясы менен бирге «Сегизинши мәрт» атлы концерти. • 2014-жыл 1-апрель Нөкис қаласы амфитеатрында «Дегишпе» театр-студиясы менен биргеликте «Ҳәзил Той» атлы концерти, жаўын жаўыўына байланыслы 11-апрельге көширилди, ҳәм 11-апрель күни концерттиң ярымында және жаўын жаўып концерт әўметсизликке ушырады. • 2014-жылы 10-11-декабрь Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрында М.Утемуратовтың «Махсет Шоу» бағдарламасында баслаўшылық етти. • 2015-жыл 22-23-ноябрь Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрында «КүлкиШек» атлы концерти. • 2016-жыл 1-2-3-апрель Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрында «ҚызықСынды» атлы концерти.

Фотографии пользователя

1

Поделиться страницей с друзьями